Тараўдағы кемшиликлер сынға алынып, ўазыйпалар белгиленди

Нөкис қаласында республикамыздың билимлендириў тараўында әмелге асырылған жумысларды үйрениў нәтийжелерин талқылаў мәселелерине арналған кеңейтилген мәжилис болып өтти.
Мәжилиске тараў басшылары, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслықлары, жуўапкер қәнигелер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов басқарып барды.
Онда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумыслары, балаларды бақшаларға қамтып алыў, олардағы санитариялық талаплар, оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў, билим дәрежесин арттырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер талқыланып, орынлардағы айырым басшылардың өз жумысына немқурайдылық пенен қарап атырғанлығы сынға алынды.

Мәжилисте Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм оған қараслы бөлимлер тәрепинен келеси жылы әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.
Мәжилис жумысына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Утемуратов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги