Ҳәдислерде “Саўап исти, ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек”, делинеди. Ҳақыйқатында да, кимде-ким адамларға жақсылық ислесе, оған саўабы мың есе болып қайтып, оның жәмийет арасында абырайы артады.

Нөкис қаласындағы 10-санлы соқыр ҳәм көзи әззи көриўши балалар ушын мектеп-интернаты оқыўшыларының әскерий хызметкерлерге деген ҳүрмети жоқары. Ўатан қорғаўшылары туўралы гәп болса, олардың жүзлеринде күлки пайда болады ҳәм оларды тек ғана жақсы сөзлер менен ядқа алады. Себеби, бул дәргайда әскерий хызметкерлер менен жаслар тез-тез ушырасып, дийдарласады.

Гезектеги әне, усындай ушырасыў «Ўатансүйиўшилик айлығы» мүнәсибети менен «Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды!” сүрени астында шөлкемлестирилип, онда мектеп оқыўшылары шексиз қуўанышқа бөленди.

Ушырасыўда әскерий хызметкерлер балаларды жаңа жыл менен қутлықлап, оларға байрам саўғаларын тапсырды.

– Әскерий хызметкерлердиң бул исине кеўлимиз толды,-дейди мектеп муғаллими, “Маънавият фидойиси” көкирек белгиси ийеси Зарина Алимова. – Олар мектебимизге келип оқыўшылар менен сәўбетлесип, оларға қызықлы концерт бағдарламасын қойып берди. Илаж соңында имканияты шекленген балалар ушын байрам дастурханы жайылды.

Усы күни әскерий хызметкерлер Қорғаныў министрлиги пенсионери, отставкадағы сержант Халил Жумановтың да үйине барып, оған жаңа жыл саўғасын тапсырды.

Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.