2024-жыл Қарақалпақстан тарийхында ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берген  әҳмийетли жыллардың бири болып қалмақта. Себеби, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, бизиң үлкемизде де әсирге татырлық қурылыс ҳәм дөретиўшилик ислер әмелге асырылды. Атап айтқанда, турақ жайға мүтәж шаңарақлар ушын бир неше онлаған көп квартиралы жайлар, ҳәкимшилик имаратлары, социаллық объектлер қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Соның ишинде, Президентимиздиң халықты турақ-жай менен тәмийинлеўге бағдарланған пәрман ҳәм қарарлары тийкарында “Жаңа Өзбекстан” ҳәм турақ жайға талап жоқары болған массивлерде 4276  квартиралы 114 көп қабатлы жайлардың қурылыўы белгиленип,  усы күнге шекем Кегейли, Қараөзек, Қанлыкөл ҳәм Елликқала районларында он 310 квартиралы турақ жайлар қурып питкерилди.

Соның менен бирге турақ жайға талап жоқары болған Әмиўдәрья, Беруний, Бозатаў, Кегейли, Нөкис, Қоңырат, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели, Шымбай, Төрткүл, Шоманай районларында ҳәм Нөкис қаласында улыўма 3326 квартиралы 82 жайлардың  қурылыўы белгиленген болып, соннан 47 си пайдаланыўға тапсырылды. Ал, қалған объектлер болса, жылдан-жылға өтиўши болғаны себепли, оларда қурылыс жумыслары даўам етпекте. Спортты раўажландырыўға бағдарланған бағдарлама шеңберинде болса, Нөкис қаласындағы “Қосбулақ” мәкан пуқаралар жыйынындағы футбол академиясының имараты ҳәм объектлерин капитал оңлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Ал, “Гүрес шеберлиги” спорт мектебин қурыў, Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы ҳәм “Туран” стадионын  реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының “Билимлендириўге итибар–келешекке итибар” деп атап өткениндей, соңғы жыллары билимлендириў тараўының материаллық-техникалық базасын жаңалаў ҳәм беккемлеўге үлкен итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи балалардың мектеп-интернаты, “Шымбай шайхана” елатындағы 48, Берунийдеги 70, Төрткүлдеги 28-санлы ҳәм 49-санлы мектеплерине капитал оңлаў, Тахтакөпирдеги 8, Әмиўдәрьядағы 49, Хожелидеги 21, Берунийдеги 50, Шымбайдағы 18, Нөкис қаласындағы 2-санлы балалар бақшаларына ағымдағы оңлаў ислери әмелге асырылды. Бозатаў районында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бой тикледи.

Халықтың денсаўлығын сақлаў, әсиресе, аналар ҳәм балалар арасында ушырасатуғын ҳәр қыйлы кеселликлердиң ерте анықлаў ушын заманагөй емлеў мәкемелерин жаңадан қурыў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде, Нөкис қаласындағы “Ҳаўа жолы” МПЖ аймағында қәнигелестирилген мектеп, Төрткүл районында 70 орынлық туўыў комплекси, Әмиўдәрья ҳәм Берунийде шаңарақлық емлеўханалар реконструкцияланып, Елликқалада 90 орынлық туўыў комплекси, Нөкис қаласында 11-санлы шаңарақлық поликлиника, Шоманай районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника жаңадан қурып питкерилди.

Мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 129 жойбар ушын 88,044 миллиард сум қаржы ажыратылып, 221,0 километр суў тармақлары ҳәм 6 объектте қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде 30 дан аслам мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы 16 мыңға шамалас халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрельдеги “Азия раўажланыў банки қатнасыўында “Өзбекстанның Батыс бөлиминде ишимлик суў тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында суткасына 140 мың метр куб қуўатлықтағы “Түйемойын” суў тазалаў объектинде екинши көтерме насос станциясы реконструкцияланып, Нөкис, Қараөзек, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында 227 километр суў тармақлары тартылды.

Сондай-ақ, республикамыз бойынша “Басламалы бюджет”тиң биринши мәўсиминде  аймақлардағы 143 объектте 140,7 миллиард сумлық қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылған болса, екинши мәўсиминде 77 объектте улыўма баҳасы 76 миллиард 803 миллион сумлық жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күни халқымыз турмысында жоллардың тутқан орны ҳәм атқаратуғын хызмети айрықша болып табылады. Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде, халықаралық талапларға толық жуўап беретуғын 240 километр аралықтағы жолға цемент-бетон  қапламасы төселди. Буның нәтийжесинде жоллардың жүк көтериў мүмкиншилиги 8 тоннадан 13 тоннаға артты. 8 орында автотранспортлардың тоқтап турыў орынлары шөлкемлестирилип, олардың ҳәр биринде саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары қурылды.

Халқымызды электр энергияси  ҳәм тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў ушын республикамыз бойынша
106 миллиард 361 миллион сум қаржы ажыратылып, бул қаржылар есабынан 11645 дана бетон бағаналар орнатылып, 644,3 километр узатыў линиялары, 420 трансформаторды жаңалаў ҳәм оңлаў ислери әмелге асырылды.         Газ тармақларын жақсылаў мақсетинде,  88,2 километр тармақта ҳәм 6 ГТПларда қурылыс-оңлаў жумыслары жүргизилди.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, Қарақалпақстан бойынша 2024-жылы 7 триллион 597 миллиард сумлық қурылыс, абаданластырыў жумыслары алып барылып, бул 2023-жылға салыстырғанда 106,1 процент өсимге ерисилгенин көрсетеди.

Республикамыз қурылысшылары өткен жылдағы усындай дөретиўшилик жумысларды еле де даўам еттириў нийетинде. Буның ушын бизлерде барлық имканият ҳәм мүмкиншиликлер бар. Пурсаттан пайдаланып, гүллән халқымызды елимизге кирип келген жаңа 2025-жыл менен қызғын қутлықлайман. Ҳәммениң шаңарағына аман-есенлик, жумысына табыс ҳәм дастурханына қут-берекет тилеймен!

Қабылбек Айтбаев,

   Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм

турақ-жай коммунал хожалығы министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.