Нөкис қаласында Нѳкис әскерий Суды имараты ҳәм Тақыятас районында жынаят ислери бойынша Тақыятас районлық суды имаратының ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Жоқары Суды баслығы Б.Исламов ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Әскерий судының баслығы С.Эшанкулов қатнасты.
Атап өтилгениндей, тараўдағы реформалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеўде, әсиресе, халқымыздың ҳақыйқатлыққа ҳәм әдилликке болған исенимин және де беккемлеўде Судлардың тутқан орны айрықша саналады. Сонлықтан да судлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, суд хызметкерлери ушын мүнәсип жумыс шараятларын жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар алып барылмақта.
Нѳкис әскерий судының имараты 7 млрд. сумлық қаржы есабынан жаңадан қурып питкерилип, әскерий суд хызметкерлери ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының жаңа имараты инвестиция бағдарламасы тийкарында 7 млрд. сум қаржы есабынан 2 қабатлы етип, заманагѳй кѳринисте қурып питкерилди.
Әлбетте, бул жаңа имаратлар елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў жолында хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги