19-декабрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам етти.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жалар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Жалпы мәжилистиң екинши күнинде дәслеп «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққындағы»ғы нызамды додалаў болып өтти.
Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге, халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниӊ сапасын арттырыўға, сондай-ақ, салық төлеўшилер ушын салық жүгин азайтыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, преференциялардың әмел етиў мүддетин созыў, сондай-ақ, ўақытша салық жеңилликлери қолланылатуғын жумыс түрлери дизимин кеңейтиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Усы нызам менен Салық кодексине қосымша дәреклерден дәрамат алыўшы бюджет шөлкемлери ушын белгиленген салық ставкаларының әмел етиўин 2027-жылдың 1-январына шекем созыў, сондай-ақ, жәми дәраматтың шекленген муғдары 5 миллиард сумнан 10 миллиард сум етип белгилениўи, бул дәрамат бар болғанда салық төлеўшилер ҳәр айдағы аванс төлемлерин толық шерек өткенинен кейин төлениўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Нызам менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып берилетуғын бюджет субсидиялары жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, өз қаржылары есабынан мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң имаратларын қурыў менен байлыныслы болған қәрежетлерге пайда салығы бойынша ўақытша салық жеңилликлери берилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң карары менен тастыйықланатуғын дизим бойынша протез қурылмалары ҳәм олардың комплектлеўши, аўысық бөлеклерин Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ҳәм Өзбекстан Республикасы резидентлери болған вагонлар (контейнерлер) операторларының темир жол транспортында тасыў процесинде вагонларды ижара шәртлери тийкарында пайдаланыўга бериў бойынша хызметлер көрсетиў айланысы қосымша қун салығын төлеўден ўақытша азат етпекте.
Мәжилисте бул нызам сенаторлар тәрепинен қызғын додаланды ҳәм билимлендириў системасын жетилистириў ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниӊ сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги айрықша атап өтилди.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң жалпы мәжилисте «Космослық жумыс ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Нызамда космослық жумысқа тийисли тийкарғы түсиниклер ҳәм принциплер, жумысты әмелге асырыўдың мақсетлери, космослық жумыс тараўындағы мәмлекетлик сиясатт ың тийкарғы бағдарлары нәзерде тутылған.
Нызам менен Министлер Кабинети, Санлы технологиялар министрлиги ҳәм оның жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги ҳәм Қорғаныў министрлигиниң космослық жумыс тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте.
Сондай-ақ, космослық тараўда илимий изертлеўлер алып барыў, космослық системалардыӊ түрлери яғный жерди аралықтан зондлаў, мәмлекетлик космослық мониторинг, космослық байланыс системасы, жоқары анықлықтағы жасалма жолдас навигация системасы, космослық ракета комплекслеринен (космодромнан) пайдаланыў, космослық объектлерди тамғалаў, ижараға бериў, космослық объектлерди ҳәм техика қуралларын утилизациялаў, космослық инфраструктура ҳәм жумыс қәўипсизлиги, жумысты қаржыландырыў тийкарлары ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери нәзерде тутылмақта.
Нызамда илим, социаллық-экономикалық, экология, қорғаныў, қәўипсизлик ҳәм басқа тараўларға тийисли мақсетлерге ерисиў ушын космослық технологиялар жәрдеминде космослық кеӊисликти ҳәм Жерди изертлеў, олардан пайдаланыў, сондай-ақ, космослық жумыстыӊ қоршаған орталық, тәбийғый ресурслар ҳәм халықтыӊ саламатлығына тәсирин қадағалаў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар берилген.
Нызамда космослық жумыс тараўындағы стратегиялық бағдарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, экономика тармақларындағы нызамшылық бузылыўы жағдайларын космослық сүўретлерди қайта ислеў арқалы анықлаўға жәрдемлесиў мәмлекетлик сиясаттыӊ тийкарғы бағдарларынан бири екенлиги нәзерде тутылған.
Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамныӊ қабыл етилиўи нәтийжесинде космослық жумыс тараўы тәртипке салынып, жуўапкер уйымлар, олардыӊ ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары анық белгиленди, жүзеге келиўи мүмкин болған қәўиплердиӊ алдын алыў, қоршаған орталықты қорғаў, қорғаныў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде космослық жумысты әмелге асырыўдыӊ ҳуқықый кепиллиги жаратылды.
Соныӊ менен бирге, бул мәмлекетимизде барлық тараўларда, соныӊ ишинде, жер қатнасықлары, геология, сейсмикалық қәўипсизлик, транспорт, аўыл, тоғай, суў ҳәм жол хожалығы тараўларында табыслы жумыс алып барыў имканиятын береди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Қалаберди, Сенаттыӊ екинши жалпы мәжилисинде «Ипотека кредити базары және де раўажландырылыўы мүнәсибти менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Усы нызам менен «Ипотека ҳаққында»ғы, «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы ҳәм «Төлемге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы нызамларға да өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў арқалы гиреў шәртнамасы ҳәм гиреў хаты бойынша ҳуқықларды рәсмийлестириў, оларды дизимге алыў ҳәм үшинши шахсларға бериў процесслери жетилистирилмекте.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде дизимнен өткериўши уйым тәрепинен гиреў хатын рәсмийлестириў ўақтында тәреплердиӊ қатнасыўы, сондай-ақ, арза бериўшилердиӊ дизимнен өткериўши уйымға (кадастр) тиккелей мүрәжат етиўи талап етиледи. Бул болса берилетуғын гиреў хатларыныӊ саны көбейген жағдайларда үлкен қыйыншылықларды келтирип шығарады.
Соныӊ ушын гиреў хатын онлайн тәртипте яки мәмлекетлик хызметлер орайларына барыў арқалы рәсмийлестириў белгиленип, электрон гиреў хатыныӊ концепциясы енгизилмекте. Бул, өз гезегинде, қәрежетлерди азайтыў ҳәм ўақытты үнемлеў имканиятын береди.
Буннан тысқары, нызамда ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлери тәрепинен өз капиталы муғдарынан артық баҳада облигациялар шығарыў арқалы капитал базарынан және де көбирек қаржыларды тартыў механизмин енгизиў де нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар тәрепинен нызам ипотека бойынша гиреў хатлары айланысын және де раўажландырыўға, халыққа берилген ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыў ушын жаӊа имканиятлар жаратыўға, ипотека кредитин бериўдиӊ заманагөй базар системасын қәлиплестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаўдан соӊ нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Усыныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ екинши жалпы мәжилисиниӊ екинши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети