Ҳаял-қызлар ҳәм шаӊарақ мәселеси – келешекти белгилеп беретуғын фактор

234

Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы тәрепинен “Китапқумар аналар күни” шеӊберинде “Ҳаял мәрипаты” илажы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары – Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниӊ баслығы Зулайхо Маҳкамова, Өзбекстан қаҳарманы, әдебияттаныўшы илимпаз Иброҳим Ғафуров, Жазыўшылар аўқамы баслығыныӊ орынбасары Минҳожиддин Мирзо, бир қатар әдебиятшы илимпазлар, белгили шайырлар халқымызды китапқумар миллетке айландырыў, онда ҳаял-қызлардыӊ қатнасыўын күшейтиўге үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Илажда жәмийетте жаӊа  руўхый мәкан жаратыўда ҳаял-қызлардыӊ белсендилигин қоллап-қуўатлаў, мәрипатлы жәмийетти қурыўда мәрипатлы аналардыӊ ролин арттырыў, ийгиликли идеяларды үгит-нәсиятлаўды күшейтиў, перзент тәррбиясы, шаӊарақ, ҳаял-қызлардыӊ мәнаўиятын раўажландырыў мақсетинде Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жанында илимий тараў, әдебият, көркем өнер, руўхыйлық, мәденият ўәкиллери белсендилеринен қурылған Жәмийетлик кеӊес шөлкемлестирилгени жәрияланды.

Бас министр орынбасары – Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниӊ баслығы Зулайҳо Маҳкамова бул жәмийетлик кеӊес социаллық, руўхый-ағартыў жағдай талап етип атырған объектив зәрүрлик екени ҳәм оныӊ өз алдына бир қатар ийгиликли мақсет-ўазыйпаларды қойғанын атап өтти.

Глобалласыў дәўиринде жаўызлыққа қарсы тек ғана ағартыўшылық ҳәм күшли идеялар қуралында ғана гүресип, алға умтылыў мүмкин. Себеби, идеологиясы, руўхыйлығы, миллий идея күдиретли болған халық раўажланады.

Бүгин шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәнаўиятлы, жас қызлар тәрбиясы, ҳаял-қызлардыӊ потенциалы ҳәм мәрипатын арттырыў, шаӊарақларда руўхый, әдеп-икрамлылық орталығын жақсылаў бағдарында жаӊаша көзқараслар зәрүр. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, ҳаял-қызлар ҳәм шаӊарақ мәселеси бек ғана бүгинги күнимиз емес, ал ертенги келешегимизди де белгилеп беретуғын шешиўши фактор.

Илаж процесинде Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери шайыр ҳәм жазыўшы Шарифа Салимованыӊ “Жаўызлық салтанаты ямаса қар қойнында лалалар” китабыныӊ презентациясы өткерилди.

« Жаўызлық салтанаты ямаса қар қойнында лалалар » атлы қосық романында өткен әсирдиӊ 20-30-жылларында сиясий зулымлар қурбаны болған Хайриниса Мажидхонова, Марям Султонмуродова, Собира Холдорова, Шодихон Тожиева сыяқлы жадид ҳаял-қызлардыӊ тәғдири, олардыӊ басына түскен азап-ақыбетлер, жағдайы, басынан өткергенлери, руўхый дүньясы кеӊнен сәўлеленгени ҳәм бул жәбиркешлердиӊ муҳаббат ҳәм садықлығы, дәртлери автор тәрепинен шеберлик пенен сәўлеленгени атап өтилди.

Презентация илажында қатнасыўшылардыӊ итибарына шебер жазыўшы Жавлон Жовлиевтиӊ қәлемин тийисли “Қорқпа” романы тийкарында сүўретке алынған фильмнен қысқа эпизод көрсетилди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзА мухбири