Профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыўдың жаңа системасы енгизилмекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2023-жыл 28-август күни кеңейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине Сингапур ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси тийкарында педагог кадрларға кәсиплик сертификат бериў тәртибин ислеп шығыў тапсырылған еди.
2024-жылдан баслап Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси тийкарында аймақлық орайлары профессор-оқытыўшыларының қәнигелигин арттырыў системасын енгизиў ўазыйпасы да белгиленди.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2024-жыл 10-январьдағы арнаўлы буйрығы менен қәнигелик арттырыў курсының бағдарламасы тастыйықланды.

Ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен қәнигелик арттырыў курсының 5-басқышы (соңғы басқыш) усы жылдың 3-5-декабрь күнлери шөлкемлестирилмекте.
Қәнигелик арттырыў курсының жуўмақлаўшы басқышына Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайының барлық профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Курс жуўмағында “Үзликсиз кәсиплик билимлендириў” платформасы арқалы сертификатлар берилиўи режелестирилген.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги