Интернетти басқарыў форумы ашық байланыс майданына айланды

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Саудия Арабстанында болып өтип атырған «Интернетти басқарыў форумы» (“Internet Governance Forum”) нда қатнасты.
Министр форум шеңберинде шөлкемлестирилген жалпы мәжилисте шығып сөйлеп панел сессиялар ҳәм басқа бир қатар додалаўларда қатнасты.
«Интернетти басқарыў форумы» БМШ басламасы менен 2006-жылы шөлкемлестирилген платформа болып, онда интернетти басқарыўға байланыслы мәселелер додаланады. Форум интернет пайдаланыўшылары, ҳүкиметлер, жеке меншик сектор, пуқаралық жәмийети ҳәм академиялық топар ўәкиллери арасындағы байланыс ушын ашық майдан ўазыйпасын атқарады.
Усы илаж шеңберинде бүгинги күнде дүнья көлеминде ҳүкиметлердиң өз-ара бирге ислесиўи, түрли қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм әмелдеги халықаралық раўажланыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў мәселелери көрип шығылды.
Соның менен бирге, бүгинги күнге келип технологиялар ҳәм инновациялар себепли инсанлардың турмыс тәризи кескин өзгергени ҳәм келешекте усы процесслер және де жеделлесип барыўы бойынша түрли мәмлекетлердиң сиясий ўәкиллери, изертлеўшилер ҳәм маман қәнигелер менен пикир алысылды.
Н.Раҳмонова, ӨзА