Турақ жай сатып алыўда халық қаржыларын кепиллейтуғын – «еscrow» системасы жаратылады.

Бул системаға бола, буйыртпашы ҳәм коммерциялық банк арасында дүзилетуғын шәртнамаға тийкарланып, ҳәр бир қурылыс объекти бойынша «еscrow» есапбети ашылады. Көшпели мүлк ушын келисилген қаржылар усы есапбет арқалы әмелге асырылады. Онда  жыйналатуғын қаржылар тийкарында коммерциялық банклер буйыртпасына азайған процентте кредит усыныс етеди.

Қурылыс питкен соң, тутыныўшының  есапбетиндеги ақша девелопер шөлкемге өткериледи. Қурыўшы миннетин орынламаған жағдайда, бул ақшаның ийесине қайтарып бериледи. Еscrow есапбетинде турған қаржыларға өндириў қаратылмайды.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитети тәрепинен өткерилген еситтириўде айтып өтилди. Онда Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы ҳәм басқа министрликлер, уйымлардың турақ жай сатып алыўда халық қаржыларын кепилликлеў системасы бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиз турақ жай қурылысында халықтың қаржыларын кепилликлеў системасына байланыслы презентация менен танысыў даўамында бул тараўдағы айырым машқалаларды сапластырыўға қаратылған ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Атап айтқанда, «escrow» системасы тәреплер арасындағы исенимди тәмийинлеў, ҳәр еки тәрептиң мәплерин қорғаў ҳәм қаржылай қатнасықларын қәўипсиз, анық ҳәм нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сөйлесиўлер даўамында бул бағдарда хуқықый тийкар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай- ақ, қурылыс объектлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў, санластырыў, қурылыс ҳүжжетлериниң көрип шығылыў мүддетлерин қысқартыў бағдарында  әмелге асырлып атырған жумыслардың жағдайы додаланып, бул бойынша бир қатар усыныслар берилди.

М.Комилова, ӨзА