2025-жылдын басы әжайып астрономиялық қубылысларға толы болатуғынын ўәде етпекте. Январь айының биринши ҳәптесинде метеорит шоққысы күтилмекте ҳәм жылдың ең үлкен Қуяшын бақлаў имканияты болады. Бул ҳаққында Москва планетарийси хабар берди.

Жылдың ең жарқын метеорит жаўыны 3-январьдан 4-январьға өткер кешеси шоққысына шығады ҳәм таң атқанға шекем даўам етеди. Шығыс горизонтта саатына 120 ға шекем метеорит бақланады. Ертеси күни, 4-январь күни Жер перигелийге – Қуяшқа ең жақын ноқатқа жетип барады. Бул 2025-жылда ең үлкен қуяш дискин бақлаўды тәмийинлейди, деп мәлимлеме береди хс.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги