Болгария ҳәм Румыния 1-январьдан Шенген зонасына толық қосылады

191

Румыния ҳәм Болгария 2025-жылдың 1-январынан Шенген зонасының тең ҳуқықлы ағзаларына айланады. Бул мәмлекетлердиң толық интеграцияланаўы ушын Европа Аўқамы мәмлекетлери ишки ислер министрлери даўыс бергени ҳаққында Euro Puls жазбақта.

31-мартта Румыния ҳәм Болгария Шенген зонасына толық қосылған, визасыз тәртип тек аэропортлар ҳәм теңиз портлары арқалы шегаралардан өтиўшилерге қолланылып, қурғақлықтағы шегараларда қадағалаў. 1-январьдан румынлар ҳәм болгарлар ушын Европа дәрўазалары ҳәр тәреплеме ашылады.

Мағлыўмат ушын: Шенген зонасы 1985-жылы пайда болған. Ҳәзирги ўақытта Европа Аўқамының барлық мәмлекетлери (Кипр ҳәм Ирландиядан тысқары) Шенгенге қосылған. Қалаберсе, Исландия, Норвегия, Швейцария ҳәм Лихтенштейн де усы зонаға қосылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги