Венгрияның Будапешт қаласында қылышласыўдың сабля бағдары бойынша жаслар категориясында қызлар арасында жәҳән кубогиниң жеке түрдеги беллесиўлери болып өтти.
Жәҳән кубогиниң бул басқышында Франция, Испания, Болгария, Венгрия, Гонгконг, Қытай, АҚШ, Румыния, Түркия, Польша, Өзбекстан, Грузия ҳәм басқа мәмлекетлерден 200 ден аслам спортшылар жеңис ушын гүрес алып барды. Бул беллесиўлерде Өзбекстан Миллий сайланды командасы Аякоз Жумамуратова, Гүлистан Пердебаева, Самира Шокирова ҳәм Эррера Лара Луиса Фернанда сыяқлы қылышбазлар менен қатнасты.
Сайланды командамыз ағзасы Гүлистан Пердебаева шерек финалда қытайлы спортшыны 15:11, ярым финальда болса грузиялы спортшыны 15:9 есабында жеңди.
Бирақ ол финал беллесиўинде қытайлы спортшыға жеңилди ҳәм жәҳән кубогиниң гүмис медалын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги