23-29-ноябрь күнлери Сурхандәрья ўәлаятында 20 жасқа шекемги жаслар арасында спорттың гандбол түринен қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан усы жас категориясы бойынша ең күшли командалар қатнасты.
Бул жарысқа Мақсет Султамуратов басшылығындағы қарақалпақстанлы гандболшылар да қатнасып, чемпионат соңында сыйлы екинши орынды ийелеўге еристи.
Дәслепки турда Хорезм ўәлаяты командасына 41-43 есабында жеңилип қалған гандболшыларымыз, буннан кейинги ойынларды көтериңки руўхта өткерип Самарқанд ўәлаяты командасын 30-20, сурхандәрьялы жасларды 31-26, наманганлыларды 30-20 ҳәм Боғот командасын 47-22 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
-Жарыстан үлкен тәжирийбе топладық,-дейди команда тренери Мақсет Султамуратов.-Алдағы ўақытлары усы топланған тәжирийбеден буннан да жақсы нәтийже көрсетиўге ҳәрекет етемиз. Шәкиртлериме айрықша рахмет айтаман.
Чемпионат соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы