Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигинде АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда мәмлекетлик басқарыў тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Еки мәмлекеттиң бирге ислесиў бағдарлары, перспективалары, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жумысы, тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Соның менен бирге, АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги менен «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятты раўажландырыў» жойбары шеңберинде әмелге  асырылып атырған жумыслар бойынша пикир алысылды.

2025-жылы USAID  жойбары шеңберинде әмелге асырылыўы нәзерде тутылып атырған илажлар  додаланды.

Сөйлесиў даўамында орайластырмаў, аймақларды раўажландырыўда халықтың пикирин үйрениў ҳәм таллаў, заманагөй басшы  компетенцияларын анықлаў ҳәм раўажландырыў бойынша еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарлары белгиленди.

Н.Абдураимова, ӨзА