«Аўыл хожалығын модернизациялаў дәрежесин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан, аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериўде әмелдеги нызамшылыққа муўапық қолланылатуғын  жеңилликлер (субсидия, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери ҳәм қаржылай жәрдемлер) тек жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм дилерлер арқалы қатнасыққа шығарылатуғын аўыл хожалығы техникаларына  енгизиледи.

2027-жыл 1-январьға шекем төмендегилер бажыхана бажысынан ҳәм утилизация жыйымынан азат етиледи:

– белгиленген талапларға жуўап беретуғын пахта териў комбайнлары, өзи жүретуғын от-жем жыйнаўшы ҳәм бағшылық комбайнлары, нәл көмиў ҳәм ашыў техникалары;

– жергиликли  ислеп шығарыўшылар ҳәм дилерлик хызмети тәрепинен сырт елден алып келинетуғын жаңа пахта териў комбайнлары, өзи жүретуғын от-жем жыйнаўшы ҳәм бағшылық комбайнлары, нәл көмиў ҳәм ашыў техникалары;

2025-жыл 1-марттан жеңилликлерден пайдаланған ҳалда сатып алынған, соның ишинде,  республикада ислеп шығарылған ҳәм импорт етилген жаңа тракторлар ҳәм  комбайнларды оларға қурылмасын орнатпаған ҳалда мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етиледи.

2028-жыл 1-январьдан баслап тийкарғы пахта ҳәм ғәлле өними ушын пахта ҳәм бийдай егиўде анық даналап екпейтуғын сеялкалардан пайдаланыў қадаған етиледи.

Қарарға муўапық, аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши исбилерменлердиң буйыртпасы (талабы) бойынша халықтың бәнтлигине жәрдем бериў орайлары  инструкциясына тийкарланып жумыссыз жасларды заманагөй аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши қәниге сыпатында ҳәм бул техникаларды  басқарыўшы операторлыққа (тракторшы-машинист) оқытыў ҳәм қайта таярлаў  қәрежетлери Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры есабынан қаплап бериледи.

2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем аўыл хожалығы техникаларын  оңлаў, агротехникалық хызметлер көрсетиў, соның ишинде, егислик майданларын лазерли жер тегислегиш жәрдеминде тегислеў, пахтаны шырпыў (чеканка) ҳәм дефолиациялаў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге (буған кластерлер кирмейди) юридикалық тәреплерден алынатуғын  жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкалары 50 процентке азайтылады.

Аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалар тәрепинен өз мүтәжлиги ушын орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша сырт елден алып келинетуғын аўыл хожалғы техникаларының комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклери 2028-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи.

ӨзА