Москва Яманның «Ансоруллоҳ» топары менен байланыста екени, Израил ҳәм оның аўқамласларына қарсы әмелиятларында оған жәрдем бериў ушын қурал жиберип атырғаны АҚШтың ғәзебин қозғады.

Биз Россияның ҳусийлер менен жедел түрде байланысқа кирисип атырғаны ҳәм қурал-жарақ жеткерип бериў мәселесин додалап атырғаны ҳаққында қорқынышлы дәлиллердиң гүўасы болдық,-деди Американың БМШтағы турақлы ўәкили Линда Томас-Гринфилд. – РФ қураллы күшлери Украинадағы келиспеўшилик ушын да жүзлеген яманлыларды жаллағанынан хабарымыз бар.

Гринфилд АҚШтың Израилге қаржылай ҳәм әскерий жәрдемин тилге алмады, Иранды болса Яман қарсылық топарларын қоллап-қуўатлаўда айыплады.

– Қурама Штатлар Яман портларына жол алған кемелерди тексериў ҳәм Ираннан ҳусийлерге қурал ағымын азайтыўға жәрдем бериўши БМШтың Мониторинг потенциалын қоллап-қуўталайды,-деди ол.

Мусулмон Зиё, ӨзА