NASAның Қуяштың сыртқы тажын үйрениў ушын жиберилген космослық автомат қурылмасы – «Паркер» (Parker Solar Probe) зонды 24-декабрьде Қуяш сыртынан 6,1 млн км алыста, оғада жоқары 690 мың км/саат тезликте ушып өтеди.
Усылайынша зонд өзиниң тезлик рекордын жаңалап, Қуяшқа ең жақын аралыққа барады.
Жердеги илимпазлар зондтың жумысқа жарамлылығын тастыйықлайтуғын сигналлар әҳмийетли ўақыя алдында ҳәм оннан кейин – 21 ҳәм 27-декабрьде жетип келиўин күтпекте.
Егер бәршеси режедегидей әмелге асса, «Паркер» зонды алған сүўретлер 2025-жылдың кирип келиўи менен илимпазлардың қолында болады, илимий әҳмийетке ийе мағлыўматлар болса ҳәпте өтип Жерге жетип келеди.
И. Утеулиев,
ҚМУ, журналистика қәнигелиги
3-б-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги