Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Ең үлгили министрлик ҳәм мәкеме», “Ең үлгили район ҳәм қала” таңлаўы өткерилип, “Ең үлгили район ҳәм қала” таңлаўында Қарақалпақстан Республикасынан Беруний районы мүнәсип қатнасып сыйлы биринши орынды ийеледи ҳәм Президент саўғасы – “Дамас” автомошинасы менен сыйлықланды.
Таңлаўда 2-орын ийелерине 40 млн., 3-орын ийелерине 25 млн., 4-5-орын ийелерине 10 млн. сумнан ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
“Ең үлгили район ҳәм қала” таңлаўында:
1-орын – Қарақалпақстан Республикасының Беруний районы;
2-орын – Самарқанд ўәлаятының Иштихан районы;
3-орын – Ташкент қаласының Алмазар районы;
4-орын – Әндижан ўәлаятының Хожаабад районы;
5-орын – Жиззақ ўәлаятының Ғаллаорол районы ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги