Усы жыл 13-декабрь күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен биргеликте халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын кәмбағаллықтан шығарыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Оған республикамыздың қала ҳәм районларындағы 810 мәкеме ҳәм кәрханалар, жеке исбилерменлик субъектлери 2800 ге шамалас жумыс орынлары менен қатнасты.
Илажды өткериўден мақсет – халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын кәмбағаллықтан шығарыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге бийпул оқытыў ҳәм қайта оқытыў бойынша курсларға жолламалар берилиўин тәмийинлеў, пуқараларға өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия есабынан әсбап-үскенелер берилиўин тәмийинлеў, өзин-өзи бәнт еткен имканияты шекленген пуқаралардың өнимлерин сатыў бойынша шәртнамаларды дүзиўде әмелий жәрдем көрсетиў болып есапланады.
– Мен Нөкис қаласында тураман. Үш жылдан берли жумыссыз жүр едим. Алдын ҳәр жерде күнлик жумысларды ислеп жүрдим. Бүгин мийнет ярмаркасына қатнасып, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жәрдемши тәрбияшы ретинде жумысқа қабылландым. Қай жақтан жумыс табарымды билмей жүр едим. Ярмаркаға қатнасып бос жумыс орынлары көп екенлигин көрдим. Усындай мийнет ярмаркасын шөлкемлестиргени, шараятлар жаратылғаны ушын басшыларымыздан миннетдарман,-дейди Г.Зинатдинова.
Мийнет ярмаркасында қатнасыўшылар мәкемелердеги бос турған жумыс орынлары менен танысып, өзлери қәлеген орынларға жумысқа кириў бойынша шәртнамалар дүзилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери