Мойнақ районындағы Ақ қала аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Порлытаў” аўылында Мойнақ районы Медицина бирлеспесине қараслы “Ақ қала” шаңарақлық поликлиникасының ашылыў мәресими болып өтти.
Поликлиниканың ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Асқаров, район басшылары, медицина хызметкерлери, нураныйлар, аўыл турғынлары қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары поликлиникада жаратылған шараятлар менен танысып, пикир алысты.
Атап өтилгениндей елимизде халықтың турмысын жақсылаў, абаданлығын арттырыў, әсиресе, алыс елатлы пунктлердеги инфраструктураны жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Алыс аўылда ашылған бул поликлиника оның айқын тастыйығы болып есапланады. Аўыл турғынларының мүтәжин питкерип, наўқасланғанлардың район орайына бармай-ақ, усы жердеги маман шыпакерлерден мәсләҳәт алыўы ушын үлкен мүмкиншилик жаратылды.
Заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген шаңарақлық поликлиниканың ашылыўы аўыл турғынларын қуўанышқа бөлемекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги