Соңғы жылларда халықтың арасына тереңирек кирип барыў, халық пенен тығыз байланыс орнатыў, аўырын жеңиллетиўге жәрдемлесиў депутатлар жумысының тийкарғы бөлегине айланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Фатима Палванова адамлардың дәрт-тәшўишлерине шерик болыў, машқалаларға шешим табыў мақсетинде Шымбай районы 58-сайлаў округи сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.
Депутат ушырасыўларын “Таза жол” аўыл пуқаралар жыйынынан баслады. Жүзбе-жүз сөйлесиў ўақтында пуқараларға кейинги жыллары мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, қабыл етилип атырған жаңа нызамлар, жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Ашық өткен сәўбет даўамында өз машқаласына шешим излеп келген ҳәр бир пуқараның мүрәжаты тыңланып, оларды унамлы шешиў илажлары көрилди. Мүрәжатлардың салмақлы бөлеги тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте усы жердиң өзинде сапластырылды.
– Халық арасында жүрип, олардың дәртин тыңлаў, бар машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бүгин елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады, – дейди депутат Ф.Палванова. – Бүгин көп жыллар даўамында шешилмей киятырған мәселелер қысқа ўақытта шешилип атырғаны адамлардың кеўлин көтерип, ертеңги күнге исенимин беккемлемекте.
Бул ушырасыўлар даўамында депутат Ф.Палванова усы мәҳәлледе жасайтуғын кекселер, бағыўшысынан айырылған, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларда болып, олар менен де сәўбетлести.
Соның менен бирге, пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм усыныслары тыңланып, оларға унамлы шешим изленди. Атап айтқанда, мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы Серимбетов Қырлыбай өмирлик жолдасы менен авария жағдайына келип қалған үйде жасайтуғынын, жасы үлкенлиги, перзентлери жоқлығы ҳәм жумысқа уқыпсызлығы себепли үйин оңлай алмайтуғынын, суўық күнлерде қатты қыйналып атырғанын айтып мүрәжат еткен болса, пуқара Байназарова Гулипа апа келини қайтыс болғаны, өзи мийнетке жарамсызлығы себепли ақлықларын тәрбиялаўға напақа пулын алыў ушын жәрдем сорап мүрәжат етти.
Ҳәр еки мәселе де депутат тәрепинен қадағалаўға алынып, бул мүрәжатлар тийисли уйымлар менен биргеликте шешилип, Қырлыбай Серимбетовқа “Инсан” социаллық орайы тәрепинен 4 миллион сум пул ҳәм Гүлипа Байназароваға ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы ажыратылды. Пуқаралар тәрепинен басқа мәселелерге байланыслы келип түскен мүражатларда шешилетуғын болды.
Депутат өзи сайланған 58-санлы “Таза жол” сайлаў округиниң ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынларында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақлар, майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумысларды әмелге асырмақта.
– Аймағымызға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат етип сайланған Фатима Палванова халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаўға жақыннан жәрдем берип келмекте, – дейди “Пашентаў” аўыл пуқаралар жыйыны белсендиси Сапар Мамбетбаев. – Депутатымыз ҳәр келгенде аўыл жасларының бәнтлигин тәмийинлеў жолында көп жумысларды әмелге асырады. Әсиресе, депутаттың басламасы менен халықтың әҳмийетли машқалаларынан бири болған ишимлик суўы мәселеси шешилди. Олардың бийғәрез жәрдеми менен аймақта техникалық машқалалар себепли истен шыққан ЭКОС иске түсирилди. Нәтийжеде мыңға шамалас халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. Бундай жәрдемнен аўыл халқы оғада қуўанышлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги