Газета-халықтың айнасы. Социаллық тармақлар турмысымызға кирип келмеген ўақытлары  баспасөздиң тийкарғы тараўлары болған газета-журналлар хабар ҳәм жаңалықларды тарқатыўда халықтың ең жақын информациялық қуралы болып келди. Бүгин қолымыздағы телефон арқалы биз дүнья жүзинде, елимизде болып атырған хабарларды, жаңалықларды тез жылдам билип отырмыз. Лекин, газета-журналлар бүгин күнде де қолға услап, жаңалықлардан хабардар болыў ушын халықтың жақын қуралы болып келмекте. Абзаллық тәрепи, тигинди болып сақланатуғын бул баспасөз түрлери нешше жыллар өтсе де сизиң тарийхый архивиңизден табылады. Тилекке қарсы бүгин, газета-журналлар оқыўшылардың қоллап-қуўатлаўына мүтәж.

Бердақ атындағы ҚМУдың жәмәәти ҳәм студент-жаслары арасында оқыў ҳәм илимий жумысты және де байытыў мақсетинде оқыў орнында келеси 2025-жыл ушын газета-журналларға ықтыярый жазылыўы даўам етпекте.

Университет мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен оқыў жылы ушын мөлшерленген газета-журналлар ушын таңлаў имканияты берилди. Ондағы тийкарғы итибар илимий-техникалық, жәмийетлик-сиясий, мәдений-ағартыўшылық бағдарындағы басылымларға қаратылған.

Жазылыў мапазында жоқары оқыў орнының барлық факультетлериниң жәмәәти, профессор-оқытыўшылары белсендилик көрсетпекте. Жазылыў мапазында профессор-оқытыўшылар тәрепинен жазылыў процессиниң әҳмийети атап өтилип, бул басылымлар тек ғана оқыў процессинде емес ал, студентлер ҳәм хызметкерлердиң дүнья танымын кеңейтиўде ҳәм  ондағы хабарлар менен бирге көркем шығарамаларды оқыў имканиятына да ийе болады.

Университет жәмәәти бул басламаны қоллап-қуўатлап, информациялық ресурслардан орынлы пайдаланыў имканиятларын кеңейитиўге хызмет етип атырғнлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул өз гезегинде жыл даўамында  профессор-оқытыўшылар ҳәм студент–жасларға сапалы илимий- мәлимлеме дереклеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятын жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги