Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов “TBC Group”тың жуўапкер ўәкили Оливер Хюз менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстанның санлы экономика тараўындағы раўажланыўы, санлы хызметлер енгизилиўи ҳәм онда жасалма интеллект технологияларын қолланыў, заманагөй технологиялық шешимлер бойынша пикир алысылды.
Додалаўлар даўамында Өзбекстанда санлы банкинг хызметлерин кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Тәреплер қарыйдарлар ушын қолайлы, қәўипсиз ҳәм интеллектуаллық қәўиплерге тийкарланған санлы қаржы хызметлер жаратыў бойынша алдынғы тәжирийбе ҳәм технологияларды енгизиў имканиятларын көрип шықты.
Сондай-ақ, жасалма интеллекттен пайдаланыў арқалы қарыйдарлардың талап ҳәм мүтәжликлерин таллаў, қәўип-қәтерлерди алдыннан баҳалаў ҳәм қаржы хызметлерин және де оптималластырыў перспективалары да додаланды.
Буннан тысқары, булытлы технологияларды енгизиў бойынша перспективалы жойбарлар, соның ишинде, мәмлекетлик ҳәм корпоративлик шөлкемлер ушын булытлы шешимлер жәрдеминде мағлыўматларды қәўипсиз сақлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша да усыныслар билдирилди.
Ушырасыў даўамында жасалма интеллекттиң түрли тараўлардағы әҳмийети, соның ишинде, қаржы хызметлеринде автоматластырыў, қарыйдарларға хызмет көрсетиў системаларын оптималластырыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдеги орны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағы бойынша тәреплер бирге ислесиўди және де кеңейтиўге келисип алды.
Н.Раҳмонова, ӨзА