Бул ҳаққында Президент басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға бағышланып өткерилген мәжилисте атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта шаңарақлық орталықтан ажыралған ҳалда тәлим-тәрбия алып атырған және 500 бала бар.

Жуўапкер уйымларға Миллий гвардия тәжирийбеси тийкарында 500 баланы шаңарақлық балалар үйине жайластырыў ҳәм билим алыў ушын шараят жаратыў тапсырылды.

Қадағалаўсыз ҳәм қараўсыз балалардың жасаўы, оқыўына қәнигелескен мектеплер дизими қайта көрип шығылады, оларда бундай балалар ушын 5 процент квота болады.

Онда усы мектеплерге балаларды Социаллық қорғаў агентлиги жолламасы тийкарында жибериў нәзерде тутылады.

Улыўма, майыплығы бар ҳәм ата-ана меҳиринен айырылып қалған балалардың сапалы тәлим-тәрбия алыўы ҳәм шаңарақлық орталыққа қайтыўын шөлкемлестириў мәселелерин муўапықластырыў Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Ш.Мирзиёеваға жүкленди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.

ӨзА