Президенттиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын баслы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Жылдың басынан майыплығы барлар Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрьяда 10 процентке көбейди. Бул көрсеткиш 20 районда 12 проценттен жоқары.
Қайсы ҳәким бул мәселени ишине кирип, себеплерин үйренди, деген сораўға унамлы жуўап жоқ екенлиги атап өтилди. Республика бойынша 33 районда майыплығы барлардың реабилитацияға қамтылыўы 1 процентке де жетпейтуғыны сынға алынды.
Соның ушын тараўға ушын жуўапкерлер келеси жылы реабилитация бойынша кескин өзгерис ислеиўи керек екенлиги көрсетип өтилди.
Оның ушын ҳәр бир ўәлаят, район емлеўханасында реабилитация хызметлери жолға қойылады. 12 майыплық реабилитация орайында эрготерапия, физиотерапия, емлеў-гимнастика хызметлериниң қамтылыўы 5 есеге арттырылады.
7 медициналық жоқары оқыў орнында реабилитация кафедралары ашылады, профессор-оқытыўшылар Корея тәжирийбеси тийкарында қайта оқытылады. Республикада реабилитация орайына Корея ҳәм Япониядан экспертлер алып келинип, жергиликли қәнигелердиң қәнигелиги арттырылады.
ӨзА