Баслы стратегиялық мақсетимиз коррупциясыз Жаңа Өзбекстанды қурыў

“Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының нызамы усы жылдың 6-декабринде күшке киреди.
Бәршемизге мәлим, Өзбекстан Республикасының “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызамы 2024 жылдың 5 июнь күни қабыл етилип, рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 айдан кейин күшке кириўи белгиленген еди.
Ҳақыйқатында да бүгинги куни мәмлекетимизде коррупция иллетиниң ҳәр қандай көринислерине маўасасыз мүнәсибетте болыў, оларды өз уақтында анықлаў ҳәм шек койыў, имкан бериўши себеп ҳәм шараятларды сапластырыў, оған қарсы гүрес алып барыў бәршемиздиң, әсиресе барлық дәрежедеги мәмлекетлик шөлкемлер басшы ҳәм хызметкерлериниң әҳмийетли ўазыйпасы етип белгиленген.
Ҳүрметли Президентимиз 2020-жылдың январ айындағы Олий Мажлиске Мүрәжатында жәмийетимиздиң барлық ағзалары “Ҳадаллық вакцинаси” менен емленбес екен, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз деп айрықша атап өткен еди.
Коррупция бул шахстың өз ҳәмел ямаса хызмет лаўазымынан жеке мәплерин яки өзге адамлардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қылап рәўиште пайдаланыўы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-июльдеги “Коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин кемейтиў ҳәм бунда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6257-санлы Пәрманының қабыл етилиўи мәмлекетимизде коррупция иллетлериниң ҳәр қандай көринислерине қарсы маўасасыз, шыдамсызлық, жеркениш мүнәсибетте болыў ҳәм де оған қарсы аяўсыз гүрес алып барыўдың жаңа басқышына исенимли қәдем болды.
Пәрманда коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде алдыңғы халық аралық стандартларға тийкарланып оның нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириў ўазыйпалары белгиленди. Коррупцияга қарсы гүресиў агентлигине, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте “Мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў ҳаққында”ғы нызам, сондай ақ мәмлекетлик сатып алыў, салық женилликлери, жер ажыратыў, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў тараўында мәплер соқлығысыўына жол қойғанлығы ушын жуўапкершиликти белгилеўди нәзерде тутқан нызам жойбарларын ислеп шығыў уазыйпасы тапсырылды.
“2021-2022-жылларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гүресиў” мәмлекетлик бағдарламасында төмендеги нызамшылық ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўы назерде тутылды:
1.“Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы нызам,
2.“ Мәмлекетлик хизметкерлердниң Әдеп-икрамлылық кодекси”,
3.”Коррупцияға тийисли жынаятларды ислеўде айыплы деп табылған адамлардың ашық электрон реестрин ҳәм ол менен байланыслы шеклеўлерди әмелиятқа енгизиў”ге қаратылған нызам,
- “Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматлары ҳәм мал-мүлкин декларация қылыў ҳаққында”ғы нызам,
- “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызам, сондай ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң нызамлы жумысына тосқынлық еткен ҳәм (ямаса) нызам талапларын атқармаған лаўазымлы шахсларға ҳәкимшилик жуўапкерликти нәзерде тутатуғын нызам, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине мәплер соқлығысыўы менен байланыслы ҳәр қандай жағдайлар анықланғанда, шәртнама, буйрық ҳәм басқа ҳүжжетлердиң орынланыўын тоқтатыў ҳаққында тийисли органға усыныс киргизиў ямаса оны ҳақыйқый емес деп табыў бойынша судқа даўа киргизиў ўәкиллигин бериўди нәзерде тутатуғын нызам.
Бағдарламада белгиленген нызамлар қатарында “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызам қабылланды. Нызамда мәплер соқлығысыўының кең мазмундағы жаңа анықламасы берилди. Оған бола мәплер соқлығысыўы – шахстың жеке мәпдарлығы оның өз лаўазым ямаса хызмет миннетлемелерин лазым дәрежеде орын лаўына тәсир көрсетип атырған яки тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәм де жеке мәпдарлық пенен пуқара лардың, шөлкемлердиң, жәмийеттииң ямаса мәмлекеттиң ҳуқықлары, нызамлы мәплери ортасында қарама-қарсылық жүзеге шығып атырған (әмелдеги мәплер соқлығысыўы( реал)ямаса жүзеге келиўи мүмкин болған (мүмкиншиликли мәплер соқлығысыўы.(потенциал) жағдай деп белгиленди.
Нызам 5 бап ҳәм 33 статьядан ибарат болып, 1-бап. Улыўма қағыйдалар,
2-бап. Мәплер соқлығысыўы менен байланыслы мүнәсибетлерди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў,
3-бап. Мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы хабарды жәрия етиў ҳәм мәплер соқлығысыўын анықлаўға тийисли шаралар,
4-бап. Мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша көрилген шараларды көрип шығыў ҳәм тексериў ҳәм 5-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар.
Соны атап көрсетиў керек, Нызам мәмлекетлик уйымларға ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларына, мәмлекетлик мәкемелерге, шөлкемлерге мәмлекетлик унитар кәрханаларға, мәмлекетлик мақсетли фондларға, соның менен бирге устав фондында мәмлекет үлеси 50 процент муғдарда ҳәм оннан артық болған акционерлик жәмийетлерине қолланылады.
Мәплер соқлығысыўы менен байланыслы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдың тийкарғы принциплери етип нызамлылық; пуқаралардың, шөлкемлердиң, жәмийеттииң ҳәм мәмлекеттиң нызамлы мәплери үстинлиги; ашықлық ҳәм айдынлық; қалыслық; коррупцияға қарсы маўасасызлық белгиленди.
Анықлық болыў ушын нызамда мәмлекетлик уйымының ямаса басқа шөлкемниң хызметкери, “мәплер соқлығысыўы”, “мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша арнаўлы бөлим”, “жеке мәпдарлық”, “жақын туўысқанлар” түсиниклериниң мәнилери ашып берилди.
Нызамға муўапық, мәмлекетлик уйымлардың яки басқа шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери (ҳәм ) яки кадрлар бөлимлери мәплер соқлығысыўың тартипке салыў бойынша арнаўлы бөлими болып есапланады.
Жақын туўысқанлар қатарына ата-аналар, аға-инилер, апа-сиңлилер, балалар, қызлар, ерли-зайыплылар, соның менен бирге ерли-зайыплылардың ата-аналары, аға-инилери, апа-сиңлилери ҳәм перзентлери киргизилген.
Атап өтиў керек, “Өзстандарт” агентлигиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги 103-санлы буйрығына 5-қосымша – “Хызмет процессинде мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў Қағыйдасы”нда: Аўылласлық, урыўшылық (жергиликли мәплерди ғана гөзлеп ис тутыў. Шахстың нәсиллик келип шығыўы, атақлы үрим-путақ ўәкили болғанлығы, жақын туўысқанларының лаўазымға сәйкес келиў-келмеўин есапқа алмаған ҳалда жумысқа қабыллаў ҳәм лаўазымға тайынлаў), Кланшылық (улыўма үрим-путаққа ийе белгили, абырайлы бир әўладқа тийисли), Непотизм (фаворитизмниң туўысқанлық байланысларына тийкарланған көриниси – өзиниң жақын туўысқанлары ямаса досларына нызамға қылап рәўиште жеңилликлер бериў, сыйлықлар есаплаў, шөлкем мәплери зыянына жумысқа қабыллаў ҳәм лаўазымға тайынлаўлар ҳәм т.б.), Қәўендерлик (протекционизм, қолай мийнет шараятларын жаратып бериў формасында шөлкемниң айырым хызметкерлериниң жоқары лаўазымларга қойылыўы ҳәм қорғалыўы), Фаворитизм (өзине қолайлы, жақын тутқан, жақсы көрген бир шахс ямаса бир топар шахс мәплерин басқа шахс ямаса шахслар топары мәплеринен үстин қойыўы, лаўазымы бойынша көтериў, мәмлекетлик сыйлықларға усыныў ҳәм т.б.) ҳәм басқа түсиниклер берилген.
Нызамда мәмлекетлик уйым ямаса басқа шөлкем хызметкериниң жақын туўысқанлары; яки хызметкер ямаса оның жақын туўысқанлары қайсы юридикалық тәрептиң устав фонды акцияларына ямаса үлеслерине ийелик етсе, сол юридикалық шахс; хызметкер яки оның жақын туўысқанлары қайсы юридикалық шахста басқарыў уйымының басшысы ямаса ағзасы болса, сол юридикалық шахс – мәмлекетлик уйымының ямаса басқа шөлкемниң хызметкерине байланыслы шахслар деп тән алынады.
Соны айтыў керек, 2022-жыл 8-августта қабыл етилген «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы нызамда да мәплер соқлығысыўы жүзеге келген жағдайда, мәмлекетлик пуқаралық хызметкери өзиниң басшысына ямаса жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымға дәрҳал жазба түрде хабар бериўи кереклиги, мәплер соқлығысыўы бар екенлиги ҳаққында мағлыўматлар алған мәмлекетлик уйымның басшысы ямаса жоқары турыўшы мәмлекетлик уйым бул соқлығысыўды сапластырыў бойынша ўақтында шаралар көриўи шәрт екенлиги белгиленген.
Мәмлекетлик уйымның ямаса басқа шөлкемниң хызметкери мәплер соқлығысыўы өзине мәлим болып қалған ўақыттан баслап бир жумыс күни ишинде әмелдеги мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы белгиленген формадағы хабарнаманы толтырыўы ҳәм өзиниң тиккелей басшысына ямаса арнаўлы бөлимине усыныўы шәрт. Мысалы, жақын туўысқанлары тиккелей хызметкердиң бойсыныўындағы жумысқа қабыл етилген болса ямаса хызметкердиң жумысына өзине байланыслы шахслар қосылған болса, ол өзине байланыслы шахсларға тийисли мәселелер бойынша қарарлар қабыллаўда қатнасып атырған болса ямаса жақын туўысқаны тексериў өткерилип атырған объектте тексериў бағдары бойынша жуўапкер лаўазымлы шахс ретинде ислеп атырған болса ҳәм сондай басқа жағдай өзине мәлим болып қалса.
Ҳәр бир хызметкер озине тийисли мағлыўматлары өзгерген жағдайлары бойынша ҳәр жылы 15-январьдан кешиктирмей мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы деклара- цияны (ҳәр тәреплеме жакынлық бойынша барлық мағлыўматлар) толықтырыўы керек. Соның менен бирге, жумысқа қабыл етилип атырған талабан ямаса басқа жумысқа өткерилген хызметкер ҳәм мәплер соқлығысыўы ҳаққында белгиленген формадағы декларацияны толтырып усыныўы тийис.
Мәмлекетлик уйымның ямаса басқа шөлкем хызметкериниң жумысында мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша шеклеўлер қолланылады. Мысалы, мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы мағлыўматларды жасырыўға, биле турып өтирик ямаса надурыс мағлыўмат усыныўға, бири басқасына бойсыныўшы ямаса қадағалаўдағы шөлкемлерде қоса ислеў бойынша ислеўге, коммерциялық шөлкемлердиң шөлкемлестириўшиси, сондай-ақ акция ийеси, қатнасыўшысы болыўға, өзи жумысын искерлигин әмелге асырып атырған шөлкемниң қадағалаўында болған коммерциялық шөлкемлердиң акцияларына ямаса устав капиталдағы үлеслерине өзи ямаса жақын туўысқанлыры ийелик етиўине, соның менен бирге бул шөлкемлердиң басқарыў органы ағзасы болыўына ҳақылы емес.
Президентимиздиң 2024-жыл 5 июндағы “Өзбекстан Республикасынының ““Мәплер соқлығысыўы ҳаққында” ғы нызамының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы ПК – 210 – санлы Қарары менен тастыйықланған “Жол картасы”ның 7- бәнтинде көрсет илген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң исбилерменлик пенен шуғылланыўы ҳалаты үйренилгенде 4 район хәкими, 8 район хәким орынбасарында бундай нызам бузыўшылық ҳалатлары анықланды. Бул халатлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниң мәжилисинде додаланып келешекте бундай нызамсыз ислерге жол койылмаўы тийислиги ҳаққында лаўазымлы шахслар рәсмий түрде ескертилди ҳәм кемшиликлер сапластырылды.
Мәплер соқлығысыўы менен байланыслы мүнәсибетлерди мәмлекет тәрепинен белгиленген төмендеги органлар тәртипке салады. Булар, Өзбекстан Республикасы 1. Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги,(арнаўлы ўәкилликке ийе мәмлекетлик орган) 2. уйымлар органлар ямаса басқа шөлкемлер басшқлары, 3. Мәкемелердиң әдеп-икрамлылық (этика)комиссиясы, 4. Мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша арнаўлы бөлим – бул мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки кадағалаў бөлимлери ҳәм кадрлар бөлимлери.
Мәплер соқлығысыўына байланыслы келген арзалар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығылады ҳәмде тексериледи. Анықланған кемшилик лер бойынша мағлыўматлар коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими тәрепинен әдеп – икрамлылық(этика) комиссиясына көрип шығыў ушын жибериледи. Комиссия исти 10 жумыс күни ишинде үйренип мәплер соқлығысыўын сапластырыў шараларын көриў яки жуўапкершиликке тартыў бойынша мекеме(шөлкем) баслығына усыныс киргизеди.
“Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызамның қабыл қылыныўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодексине жаңа 1934-статья киритилип, “Мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы нызамшылық талапларын орынламаған”лығы ушын жуўапкерлик белгиленди.
Бул статьяда, мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған мәплер соқлығысыўы бар екенлиги ҳаққында мәмлекетлик уйымның ямаса басқа шөлкемниң лаўазымлы шахсы ямаса хызметкери тәрепинен хабар бермегенлиги, соның менен бирге, лаўазымлы шахсқа мәлим болып қалған, мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған әмелдеги ямаса мүмкин болған мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша шаралар көрмегенлиги ушын жуўапкерлик көрсетилип, лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўы белгиленген..
Усы статьяның 5-бөлиминде көрсетилгендей, бул ҳуқықбузарлықтың мәмлекетлик сатып алыў тараўында жүз бериўи жуўапкерликти аўырластырыўшы жағдай болып, лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекемги муғдарда жәрийма салынады.
«Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы ҳәм “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызамларда мәмлекеттиң лаўазымлы хызметкери исбилерменлик пенен шуғылланыўға ҳақылы емеслиги ҳаққындағы қағыйдалар белгиленген.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен 2022-жыл сентябрь-октябрь айларында 10 ўәлаятта мәмлекеттиң лаўазымлы хызметкерлери исбилерменлик пенен шуғылланып атырғанлығы бойынша жағдайлар үйренилди. Бул 10 ўәлаятта жәми 1378 мәмлекет хызметкерлеринен: 138 ҳәким ҳәм ҳәким орынбасарлары, 148 банклер басқарыўшысы ҳәм олардың орынбасарлары, 1092 ҳәким жәрдемшилери мәмлекет хызмети менен бирге басқа жерлерде баслық ямаса шөлкемлестириўши ретинде исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырғанлығы анықланды.
Сондай ақ ,Самарқанд ўәлаятында 277 жағдайда 10,9 млрд сумлық, Ферғана ўәлаятында 158 жағдайда 8,1 млрд сумлық, Сырдәрья ўәлаятында 20 жағдайда 1,6 млрд сумлық мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша дүзилген шәртнамаларда мәплер соқлығысыўы жағдайларына жол қойылған.
Нызамның қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 114 ҳәм 116-статьяларына қосымшалар киргизилип, онда коррупцияға, сондай-ақ мәплер соқлығысыўына жол қойылған ҳалда дүзилген шәртнама суд тәртибинде ҳақыйқый емес деп табылады. Бул шәртнаманы дүзиў нәтийжесинде алынған пайда мәмлекет табысына өткериледи, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянның орны айыплы шахслар тәрепинен суд тәртибинде өндириледи.
Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күни коррупцияға қарсы гүрес мәмлекет сиясатында үстин бағдарларының бирине айланып, оның ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары исленип, жәмийемизге қәўип болған бул иллеттиң алдын алыў ҳәм қарсы гүресиў бойынша заманагөй механизмлери жаратылып атыр.
Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей, “Коррупцияға қарсы аяўсыз гүрес алып барамыз. Бизиң жәмийетте бул иллетке улыўма орын болмаўы шәрт. Мине, сондай принципиал қараў жәмийетимиз турмысында беккем қәлиплесиўи ушын ҳәммемиз биргеликте қатаң ҳәрекет етиўимиз керек.” Ҳақыйқатында да коррупцияны жәмийетимиз турмысынан жоқ етиўде “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызам зәрүрли ҳәм үлкен әҳмийетке ийе хуқықый хүжжет болады.
Матмуратов Батыр,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги