Бул ҳаққында Президенттиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын баслы ўазыйпаларды додалаўға бағышланып өткерилип атырған мәжилисте атап өтилди.

Жуўапкерлерге 1-мартқа шекем дөгереклер ашып кәмбағал шаңарақтағы 118 мың жасларды оқытыўды баслаў тапсырылды.

Дөгерек қәрежети 80 процентке шекем бюджеттен қапланады.

Кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин таярлап, 2025-жылы 3,5 мың жасты жоқары оқыў орнына грант тийкарында қабыллаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жоқары оқыў орнының ректорлары да кәмбағал шаңарақтан жәми 4 мың жасты оқытыўға жәрдемлеседи. Министр Қ.Шариповқа бул бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА