Президент басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Президент быйыл социаллық қорғаў бойынша исленген 34 әҳмийетли жаңалыққа қосымша 28 жаңа басламаны алға қойды.
Келеси жылы 1 миллион 200 мың халықты кәмбағалықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәселелерин шешиў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў керек екенлиги атап өтилди.
Тайлақ ҳәм Касансойда «Биринши раўажланыў орайлары» ашылып, кәмбағал шаңарақтағы ҳәм майыплығы болған 4 мың 200 балаға бақша билими берилди.
Ўәлаят ҳәкимлерине өзиндеги ҳәр бир районда биреўден усындай тәжирийбени шөлкемлестириў тапсырылды.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳ.Умарова 2025-жылы кәмбағаллық жоқары 1 мыңдай мәҳәлледе биреўден шаңарақлық бақша жумысын жолға қояды.
Жаңа жылдан шаңарақлық бақша орынларының 15 процентине кәмбағал шаңарақ перзентлери қабыл етиледи ҳәм бақша төлеми толық қаплап бериледи.
ӨзА