«Time» журналы АҚШтың сайланған президенти Дональд Трампты 2024-жыл ушын жыл адамы деп жәриялады.
Журнал мағлыўматларына бола, 2024-жыл ушын талабанлар дизимине президентлик беллесиўинде Трампқа жеңилген Камала Харрис, исбилермен Илон Маск, Израиль бас министри Бинямин Нетаняху, Алексей Навальнийдиң ҳаялы Юлия Навальная кирген еди.
Бирақ 12-декабрь күни шыққан мақалада Дональд Трамп «дүньядағы ең қүдиретли адам» деп таныстырылды.
«Трамптың сиясий тиклениўи Америка тарийхында уқсасы жоқ ўақыя. Оның биринши мүддети шерменделик пенен жуўмақланды: 2020-жылы сайлаў нәтийжелерин бийкарлаўға урыныўлар АҚШ Капитолийсине ҳүжим менен жуўмақланды… Июль айында Пенсилвания штатының Батлер қаласындағы митингте жаўыздың атқан оғы оның басынан бир дюмнан кемирек аралықта кесип өтти. Кейинги төрт ай ишинде ол бир емес, еки қарсылас демократты артта қалдырды, «тебренип атырған» жети штаттың барлығында жеңиске еристи. Ол Америка сиясатын өзгертип, Республикашылар партиясын қайта дүзди ҳәм демократларды не надурыс болғаны ҳаққында ойлаўға мәжбүр етти», делинеди усы мақалада.
Мағлыўмат ушын, Трамп 2016-жылы дәслепки мәрте АҚШ президенти етип сайланғанында да жыл адамы болған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги