Президенттиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын баслы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Мәжилисте ҳәмме басшылар да жәрдемге мүтәж халықты жумыслы етип, дәраматын көбейтиў, оларға мәнзилли социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиўди дурыс шөлкемлестире алмай атырғаны көрсетип өтилди.
Атап айтқанда, кәмбағал шаңарақларға бириктирилген басшылардың 1 мыңы нәтийже көрсете алмады. 184и усы шаңарақлардың үйине бир мәрте де бармаған.
Майыплығы бар шахслардың бәнтлиги дәрежеси республикада 20 процентке жеткени менен, бул жумыслар Жалақудық, Шымбай, Пастдарғом, Чортоқ ҳәм Денаў районларында қанаатландырарсыз.
Жуўапкерлерге усы районларды үлгили етиў, ҳәр бир жуўапкерге анық ўазыйпа белгилеў тапсырылды.
Сондай-ақ, келеси жылдың Инвестиция бағдарламасына киретуғын 598 социаллық объект жойбары майыплығы бар адамларға бейимлестирип ислеп шығылмағаны сынға алынды.
Усы ўәлаят, район ҳәкимлерине қәтелерди дурыслаў тапсырылды.
ӨзА