Президент Жо Байден ҳәкимият басына келгеннен берли мәмлекетке 8 миллионнан аслам адам көшип келген. Бул ўақыт аралығында АҚШқа эмигрантлардың келиўи рекорд дәрежеде жоқары болған.

2021 ҳәм 2023-жыллар аралығында ҳәр жылы орташа 2,4 миллион адам Қурама Штатларға кирип келген. Бул ҳаққында «The New York Times» басылымы АҚШ Конгрессиниң Бюджет бюросына сүйенип хабар берди.

Басылым хабарына бола, эмиграция өсиўиниң тийкарғы себеби Байденниң жумсақ иммиграция сиясаты болып есапланады. Буған Венесуэла, Украина ҳәм Гаитидағы кризислер де тәсир көрсеткен.

Нәтийжеде бул мәмлекетлердиң пуқаралары АҚШқа көбирек көшип өтиўди баслағанлар. Сондай-ақ, Америка шегарасына жетип барыўға жәрдем беретуғын контрабанда тармақлары да мисли көрилмеген дәрежеде раўажланған.

Статистика мағлыўматларына бола, 2021-жылдан берли мәмлекетке келген эмигрантлардың дерлик 60 проценти нызамсыз кириўди әмелге асырған.

2023-жылы АҚШ халқының 15,2 проценти сырт елде туўылғанларды қураған. Алдыңғы рекорд 1890-жылы орнатылған болып, сол ўақытта АҚШта халықтың 14,8 проценти мәмлекетке көшип келгенлерден ибарат болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги