Россияда IT тараўы қәнигелерине орташа 185 мың рубл (1753 доллар) айлық төленбекте. Бул ҳаққында РФ санлы раўажланыў, байланыс ҳәм ғалабалық коммуникациялар министри Максут Шадаев мәлим етти.

Экономикадағы орташа мийнет ҳақлары ҳәм IT тараўындағы орташа айлық парқы өсип бар атырғанын атап өткен министр бул жағдайды кадрлардың жетиспеўшилиги менен келтирип өтти.

Шадаевтың айтыўынша, 2024-жылдың сегиз айында 100 мың адам IT тараўына жумысқа кирди, 2030-жылға шекем тараўға және 700 мың қәнигени тартыў мөлшерленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги