Кегейлиши оқыўшылардың Дубайда жеңимпаз болды

51

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында ментал арифметика бойынша оқыўшылар арасында халықаралық олимпиада болып өтти.

Бул олимпиадаға жер жүзиниң 10 нан аслам мәмлекетлеринен оқыўшылар қатнасты.

Солар арасында Кегейли районындағы 1-санлы мектептиң оқыўшылары да қатнасып, белгиленген 10 минут ишинде 1 ҳәм 2 ханалы 6 бағаналы 200 есаптан 130-170 аралығындағы есапларды шығарыў бойынша жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда, усы мектептиң 3-класс оқыўшысы Азамат Айтбаев барлық сораўларды тез ҳәм анық шешип, олимпиаданың алтын медалын жеңип алыўға еристи.

Ал, 1-класс оқыўшысы  Радмир Азаматов пенен Гүлқумар Жолдасбаеваға екинши орын несип етти.

Бул жеңимпаз оқыўшыларды халықаралық олимпиадаға устазы Қаллыхан Жумабаева таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы