1993-жылда шөлкемлестирилген “Wanderlust” журналы Уллы Британия аудиториясы ушын №1 саяхат журналы болып есапланады. Журнал жылына дерлик 140 мың нусқада 10 рет басылып шығады. Журнал веб-сайтының аудиториясы болса, айына 1 200 000 оқыўшыны қурайды.
Журнал ҳәр жылы туризм жөнелислери ҳәм туроператорлар ушын “Wanderlust Reader Travel Awards” сыйлығы ушын таңлаў өткереди ҳәм жер жүзиндеги ең абырайлы таңлаўлардың бири болып табылады. Журнал ўәкиллери бир неше категориялар бойынша қысқа дизимлерди жаратады ҳәм жеңимпазлар журнал аудиториясы тәрепинен таңланады.
Онда 3,6 миллионнан аслам даўыс береди.
Журналдың бул санында Өзбекстан «Wanderlust Reader Travel Awards 2024” сыйлығының “Ең жақсы раўажланып атырған жөнелис” номинациясын қолға киргизди.
Сыйлықлаў мәресими атақлы “Tate Modern” заманагөй көркем өнер галереясында болып өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы