Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшы қызлары арасында «Қыз өссе-елдиң көрки» атамасында шығармалар жазыў таңлаўы болып өтти.
Таңлаў республикамыздың барлық аймақларынан дөретиўшиликке қәбийлети бар мектеп оқыўшылары қатнасып, өзлериниң билим ҳәм умтылысларын сыннан өткерди.
Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды Кегейли районындағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Райхан Турғанбаева жеңип алыўға еристи.
Таңлаўдың сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлары Қанлыкөл районындағы 8-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Дурдана Жумамбетова ҳәм Тахтакөпир районындағы 12-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Умида Жолдасбаеваларға несип етти.
Ал, Шымбай районындағы 44-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы Нилуфар Ембергенова «Ең жақсы дөретиўши оқыўшы» номинациясы менен сыйлықланды.
Таңлаў соңында жеңимпаз оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы