«Денсаўлық-терең байлық»-дейди дана халқымыз. Сонлықтан мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында медицина тараўын раўажландырыў ҳәм тараўда хызмет көрсетип атырған хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, елимиздеги емлеў-профилактика мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, оларға заманагөй аппаратуралар алып келинип, орнатылмақта. Бул болса, халқымыздың мүшкилин жеңиллетиўде әҳмийетли орын тутпақта.
Көпшиликке мәлим болғанындай, ноябрь айының екинши екшембиси елимизде медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамы сыпатында кең түрде белгиленеди.
Сәне мүнәсибети менен Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде байрам илажы болып өтти.
Онда емлеўхана бас шыпакери Жамал Тарихов бирлеспе хызметкерлерин кәсиплик байрам менен қызғын қутлықлап, олардың машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларына табыслар тиледи.
Соның менен бирге медицина бирлеспеси Кәсиплик аўқамы тәрепинен бир қатар белсенди медицина хызметкерлерине байрам саўғалары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы