Қараөзек районында волейбол бойынша «Прокурор кубоги» жарысы болып өтти.

Өткерилген бул жарысқа районның барлық аймақларынан 16-30 жас аралығындағы қызлар  командалары қатнасты.

Жарыстың ашылыў мәресимине район ҳәкими А. Баймуратов, район прокуроры Б. Аберкуловлар қатнасып, районда соңғы жыллары жаслар арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў ҳәм олардың физикалық белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өттти ҳәм жасларды усындай жарысларға белсене қатнасыўға шақырды.

Беллесиўлер соңында, бас сыйлықты Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны командасы жеңип алыўға еристи.

Финалға шекем жетип келген А. Досназаров  аўыл пуқаралар жыйыны командасы екинши ҳәм Бердақ елатының қызлары үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Жарыс жуўмағында жеңимпазларды сектор басшылары қутлықлап, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, медаль, диплом ҳәм естелик саўғаларды тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы