Хабарыңыз бар, усы жылдың 10-13-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, шөлкемлестириў-кадрлар топарының басшылары ҳәм миллий кадрлар резервине киргизилген талабанлар ушын аймақта жергиликли мәмлекетлик басқарыў ҳәм халық пенен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириў ушын талап етилетуғын билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыў бойынша оқыў-әмелий семинар болып өтпекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы семинардың екинши күни даўам етти. Оны университет ректоры, академик А.Реймов алып барды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң ректоры, академик С.Турабжоновлар өз баянатлары менен қатнасты.
Бул семинар тийкарынан жергиликли ҳәкимликлер ҳәм жәмийетлик шөлкемлер хызметкерлериниң маманлығын арттырыў және халық пенен пикирлесиў мәдениятын жетилистириўге қаратылған.
Оқыў-семинары даўамында қатнасыўшылар кадрлар потенциалын арттырыў, тармақ ҳәм аймақлық дәрежелерде нәтийжели басшы кадрлар резервин қәлиплестириў, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар (“Сайхунабад, Уйчи, Ғиждуўан, Зарбдор” тәжирийбеси), халықты рәсмий жумыс пенен тәмийинлеў, дәрамат дәрегине ийе болыў, 2025-жылы районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў, районның “драйвер” тараўларын анықлаў ҳәм ири өндиристи жолға қойыў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм басқа да көплеген тараўлар бойынша билим ҳәм тәжирийбелерге ийе болмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги