Ҳәзирги күнде көплеген пуқараларымыз өз мақсет ҳәм режелери жолында банклерден кредит алып, пайдаланбақта. Бирақ кейинги ўақытларда алдаўшылық жолы менен пуқаралардың хабарысыз кредит қаржыларын олардың атына рәсмийлестириў ҳәм бул кредит қаржыларын өзлестириў жағдайлары артып бармақта.
Бундай жағдайлар, өз гезегинде, пуқаралар тәрепинен еркин түрде кредит алыўдан ўаз кешиў механизмин енгизиўди талап етпекте. Усы мақсетте ислеп шығылған кредит тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге қаратылған нызам жойбары Нызамшылық палатасының бүгинги мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылды.
Бул жойбар бойынша Орайлық банк баслығының орынбасары Аброрхўжа Турдалиев мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен физикалық тәреп өзиниң қатнасыўысыз ямаса хабарысыз кредит келисимин рәмийлестириў менен байланыслы алдаўшылықлардың алдын алыў мақсетинде кредит бюросына арза киргизиў арқалы оның менен кредит келисимин дүзиўди қадаған етиўи мүмкин болады.
Бул жойбардың қабыл етилиўи алдаўшылық жолы менен пуқаралардың хабарысыз кредитлерди олардың атына рәсмийлестириў ҳәм бул кредитлерди өзлестириў жағдайларының алдын алыўға, сондай-ақ, кредит бюроларының жумысын тәртипке салыўды жетилистириўге хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА