Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Бул нызам жойбары менен транспорт қуралларын тротуарлардан, велосипед жолларынан, жасыл аймақ майданларынан жүргизиўдиң алдын алыўға қаратылған нормалар белгиленбекте.
Сондай-ақ, халық тәрепинен нызамсыз түрде жолдың қатнаў бөлегине тосқынлықлар орнатыў ямаса жолларды тосып қойыў, транспорт қураллары ҳәм пуқаралардың ҳәрекетине тосқынлық етиў жағдайларына шек қойыў ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи жолларда ҳәрекет қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың еркин ҳәрекетлениўине шараят жаратыўға хызмет етеди.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги