Tesla компаниясы 30 мың доллардан арзан электромобильлердиң жаңа моделлерин шығаратуғыны ҳаққында хабарлар пайда болды. 2025-жылдың басында компания бир неше жаңа моделин усыныс етиўи күтилмекте.
Global ChinaEV порталының жазыўынша, Tesla келеси жылдың биринши ярымында Model Q дүркинине киретуғын жаңа электромобилин усыныс етеди. Бул машинаның код атамасы Redwood болып, Model 3 ке салыстырғанда 15 процент киши ҳәм 30 процент жеңил.
Дәреклерге бола, бул электромобильлерге 53 ҳәм 75 киловатт-саатлық аккумулятор батареялары орнатылады, бир ҳәм еки двигателли интерпретациялары шығарылады.
Бирақ Илон Масктиң өзи алдынырақ Tesla арзан электромобильлер шығарыў режесинен ўаз кешип, айдаўшысыз басқарылатуғын Cybercab ҳәм Cybervan моделлери үстинде ислейтуғынын мәлим еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги