АҚШтың жаңадан сайланған президенти Дональд Трамп мәмлекетте нызамсыз болған барлық шахсларды, әсиресе, депортация етилгенлердиң шаңарақ ағзаларын Қурама Штатлардан шығарып жибериўге таярлығын айтты. Бул ҳаққында «NBC News» телеканалы хабар бермекте.
Соның менен бирге, ол АҚШқа балалығында келген ҳүжжетсиз эмигрантлардың үлкеде қалыўын тәмийинлейтуғын нызамларды қайта көрип шықпақта.
Трамптың ғалабалық депортация режесин жәриялаўы – оның президентлик кампаниясындағы тийкарғы ўәдеси еди.
– Биз жинаятшыларды АҚШ аймағынан қуўып шығарыўымыз керек, – деди ол Кристен Уэлкердиң «Баспасөз бенен танысыў» көрсетиўине берген интервьюинде.
AҚШтың Мексика менен шегарасында шеклеўлерди күшейтиў 2016-жылдағы сыяқлы Трамп сайлаўалды кампаниясының тийкарғы ноқатларынан бири болды.
Ол сондай-ақ, АҚШтағы нызамсыз мигрантлар депортациясы бойынша да өз пикирлерин билдирип өткен. Бул жағдай Aмерикадағы аралас иммиграция статусына ийе, ата-аналары нызамсыз, перзентлери болса АҚШ пуқаралары болған шама менен 4 миллион шаңараққа тәсир етиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги