Кейинги ҳәптелерде Сирия басына «қара бултлар» топланды, деў мүмкин. Бул жағдай сириялылар жүрегинде жыллар даўамында қәлиплескен «жаралар»дың жаңаланыўына алып келмекте.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәлим етиўинше, 16 миллионнан аслам сириялылар асығыс гуманитарлық жәрдемге, атап айтқанда, баспана, азық-аўқат ҳәм денсаўлықты сақлаў орынларына мүтәж.
БМШ баспасөз хаткери Стефан Дюжаррик дүйшемби күни журналистлерге мәмлекеттеги қураллы тәртипсизликлер себепли турақ жайын таслап кеткен сириялылар көбирек жәрдемге мүтәжлигин айтты.
– Сириядағы шериклеримиз гуманитар жақтан 16 миллионнан аслам адам гуманитарлық жәрдемге мүтәжлигин, ОCHА (БМШ Гуманитар мәселелерди муўапықластырыў басқармасы) асығыс түрде көбирек баспана, азық-аўқат ҳәм денсаўлықты сақлаў орынлары зәрүрлигин жәриялады, – деди ол.
Дәрекке бола, 28-ноябрьден берли әсиресе, Ҳалаб, Хама, Хомс ҳәм Идлиб ўәлаятларынан 1 миллионға шамалас адам, көпшилиги ҳаял-қызлар ҳәм балалар турақ жайын таслап кеткен.
БМШ рәсмийи Дамаск қураллы топарлары тәрепинен ийелеп алынғанынан кейин жүз берген тәртипсизликлерди атап өтип, «Пуқаралардың мүлки ҳәм кәрханалары, сондай-ақ, гуманитар жүклер сақланатуғын базалар талан-тараж етилгени ҳаққында мағлыўматлар бар», деди.
– UNICEF ҳәм БМШ Халық қоры Хомсда жәрдем топарларын жайластырды ҳәм медициналық клиникалар қурады, – деп қосымша етти Дюжаррик.
Қарақалпақстан хабар агентлиги