Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлары ҳәкимлериниң орынбасарлары, шөлкемлестириў-кадрлар топарының басшылары ҳәм миллий кадрлар резервине киргизилген талабанлар ушын аймақта жергиликли мәмлекетлик басқарыў ҳәм халық пенен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириў ушын талап етилетуғын билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыў бойынша Нөкис қаласында жергиликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм халық пенен өз-ара нәтийжели ислесиўди шөлкемлестириўге қаратылған оқыў-әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Илаж тийкарынан жергиликли ҳәкимликлер ҳәм жәмийетлик шөлкемлер хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм халық пенен пикирлесиў мәдениятын жетилистириўге қаратылған.
Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде «Инсан қәдири» принципи тийкарында алып барылып атырған реформалар негизинде әмелге асырылған ийгиликли ислер, қабыл етилген Қарар ҳәм Пәрманлар елимизде халықтың турмысын абадан етиўге бағдарланған болып, бул ислерден халықтың бүгинги күнинен разы болып, өзиниң келешегине болған исеними артып бармақта.
Илаж даўамында кадрлар потенциалын арттырыў, тармақ ҳәм аймақлық дәрежеде нәтийжели басшы кадрлар резервин қәлиплестириў, «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында (Сайхунабад, Үйши, Зарбдор тәжирийбеси), халықты рәсмий жумыс пенен тәмийинлеў, дәрамат дәрегине ийе болыў, 2025-жылы районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳаққында, районның «драйвер» тараўларын анықлаў ҳәм ири өндиристи жолға қойыў, раўажланған сырт ел тәжирийбеси ҳәм басқа да көплеген тараўлар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары У.Муҳаммадиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар алентлиги