Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 2024-жыл 10-декабрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Саудия Арабстаны Патшалығының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшиси Юсуф ал-Утайбийди қабыл етти. Ушырасыў даўамында еки ҳәм көп тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша толық пикир алысылды. Тәреплер барлық бағдарларда, әсиресе, экономикалық тараўда ерисилип атырған мисли көрилмеген унамлы пәтти айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги