Жақында ғана пайтахтымыздағы көркем өнер сарайында ҳәм Ташкент қаласындағы 2300 орынлық “Панорама” кино сарайында қойылған “Әжинияз” фильминиң толық көркем варианты “Жети ықлым” баспасы тәрепинен өз алдына китап болып басылып шықты. Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов бул сценарий үстинде бираз жыл мийнет етип, шайыр образын тарийхый дереклерге тийкарланып исенимли тәризде сәўлелендирген.

Шайыр өзиниң сүйген қызы Гүлзаданы излеп бир неше ай қазақ елин аралайды, ҳәтте Оренбургқа дейин барады. Буны ол “Шықты жан” қосығында:

Дәрбедар болып гезибмен ол алашты нешше ай,

Гездим ол ноғай, орысты, ҳәтте Орынбор қаласын,

Тапмадым ҳеш бир дәрек кимнен сорасам “незнай” деп тәриплейди.

Қазақ елинде ол мырза Қожбан менен ушырасады, Қыз Меңеш пенен айтысып, оны жеңеди.

Сценарийде Әжинияздың Хиўаға атланған дәўиринен баслап өмириниң соңғы күнлерине дейинги дәўир тартымлы сюжетлер менен берилген. Бул халық жазыўшысының көркем фильм ушын жазған он биринши сценарийи болып табылады.

Сондай-ақ, китапта автордың “Зийўар” атлы музыкалы драмасының сценарийи де орын алған. Бул драма ҳәзир Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрында сахналастырылмақта.

Бул еки шығарма да жазыўшының уллы шайыр ҳәм ойшыл Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллық мерекесине ылайықлы саўғасы болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги