Суўық ҳаўа ағымы нәтийжесинде айырым аймақлардағы автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшалары (газ заправкалар) жумысына киргизилип атырған қысқа мүддетли шеклеў мүнәсибети меннен биржа саўдаларына шығарылып атырған автобензинниң көлеми ўақытша еки есеге арттырылады, деп хабар бермекте Энергетика министрлиги.

Атап өтилиўинше, буның ушын барлық аймақларда зәрүр муғдарда резервлер жаратылған.

Талап ҳәм усынысқа қарай биржа саўдаларына жайластырылып атырған автобензинниң көлемин және де арттырыў имканияты бар екени мәлим етиледи.

Пайдаланыўшылардың автобензинге болған талабын толық қанаатландырыў мәселеси мәмлекет қадағалаўына алынған.

«Быйылғы гүзги-қысқы мәўсимде мәмлекет халқын автобензин менен зүрүр муғдарда ҳәм үзликсиз тәмийинлеў бойынша барлық зүрүр илажлар көрилетуғынын айрықша атап өтиў керек.

Ҳәзирги ўақытта жумысшы топарлар тәрепинен орынларда қадағалаў илажлары даўам етпекте. Баҳалардың тийкарсыз түрде көтерип жиберилиўине жол қойылмайды», делинеди министрлик хабарында, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги