1992-жыл 10-декабрь сәнеси миллий мәмлекетшилигимиз ҳәм нызамшылығымыз тарийхындағы ең әҳмийетли сәне есапланады.
“Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққында”ғы нызамында белгиленгениндей, Гимнимиз Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик суверенитетиниң тымсалы есапланып, оған ҳүрмет пенен қараў ҳәр бир пуқараның әдиўли миннети есапланады.
Бүгин Гимнимиздиң жүреклерге тутас сеслери рәсмий сапарларда, елимизге келген сырт еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларын күтип алыў мәресимлеринде, кең түрде белгиленетуғын улыўмахалықлық байрамлар менен халықаралық әнжуманларда, спорт беллесиўлери ашылыўында, спортшыларымыздың халықаралық беллесиўлерде жоқары нәтийжелерди қолға киргизген қуўанышлы демлеринде бәлент жаңлап, Өзбекстан мәмлекетиниң дүньяда өз орны ҳәм абырайына ийе екенлигин дәлиллейди, қәлбимизде мақтаныш сезимлерин оятады,
Ҳәр сапары Гимнимизди қолымызды жүрегимизге жақын қойып, атқарар екенбиз, оның ҳәр бир сөзинде муқаддес ўатанымыздың көрки-жамалы, келешек әўладларымыздың бахыт-ығбалы, тынышлық ҳәм дослық, илим-билимниң раўажланыўы ҳәм жарқын келешекке қарай умтылысларымыз көз алдымызда сәўлеленеди.
Тилегимиз, кең имканиятлар ҳәм абадан турмыс босағасы есапланған Жаңа Өзбекстанда Гимнимиз тынышлық ҳәм татыўлық, дослық ҳәм кеңпейиллик, абатлық ҳәм айдын келешек нышаны болып, бәлент ҳәўижлерде жаңлай берсин!
Раўаж Отарбаев,
Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан
Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республика “Марипат”
үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы, шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги