Венесуэланың Өзбекстандағы елшиси тайынланды

262

Розалба Ло Буе Антико Венесуэланың Өзбекстандағы елшиси етип тайынланды. Бул ҳақкында Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Telegram’дағы каналында мәлим етти.

Билдирилиўинше, бүгин 9-декабрь күни Бахтиёр Саидов Сыртқы ислер министрлигине Венесуэланың Өзбекстандағы елшиси Розалба Ло Буе Антико менен ушырасқан ҳәм исеним жарлығын қабыл еткен.

Географиялық жайласыў жағынан узақ аралыққа қарамастан мәмлекетлеримизди бир-бирине жақынластырыў ушын байланысларды беккемлеўге қаратылған көпирлерди қурыўға келисип алдық. Жаңа биргеликтеги жойбарлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, парламентлераралық бирге ислесиўге жәрдемлесиў, билим алмасыўын қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа мәселелер бойынша толық пикир алыстық. Елши ханым, Өзбекстанға хош келдиңиз! дейди министр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги