Гимнимиз-елимиз күш-қүдиретин дүньяға танытпақта

Бүгин ерте таңнан Бердақ атындағы ҚМУ дың барлық факультетлеринде 10-декабрь-Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен сабақлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни менен басланды.
Ҳәр бир мәмлекеттиң күш-қүдирети, ана диярымыздың гөззаллығы, миллеттиң руўхын өзинде жәмлеген гимнниң жаңлаўы инсанда Ўатанға деген сүйспеншиликти оятады. Халықаралық ареналарда, дослық байланысларда, спорт жарысларында жаңлап жүрген гимнимиз елимиздиң күш-қүдиретин және де дүньяға танытпақта. Өзбектан Республикасы Мәмлекетлик гимни –ана Ўатанымыз бенен мақтаныўға, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеўге, буннан да жоқары шеклерди ийелеўге шақырады. Жасларымыздың көксине қойылған қолы бул Ўатанның садық перзенти екенлигин дәлиллеп турғандай еди.

Ҳақыйқатында да уллы халықтың мәңги мақтанышы болған гимни Ўатанымызды мақтаныш етиўге, оны жақсы көриўге шақыра береди. Университетте болып өткен бул илажда студент-жасларымыз Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң қәдир-қымбатын және бир мәрте тереңирек уғынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги